Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўма халықлық байрам сыпатында кеңнен белгилениўин, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болған ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў, бүгин де қатарымызда турып, Ўатанымыздың абырай-мәртебесин жоқарылатыўға, жасларды әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды ҳүрметлеў ҳәм Екинши жер жүзилик урысында ерисилген жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплығы болғанларды, оларға теңлестирилген шахсларды ҳәм, 1941-1945-жыллардағы урыс дәўириндеги мийнет фронты қатнасыўшыларын материаллық хошаметлеў мақсетинде:
- Бир мәртелик ақшлалай сыйлық белгиленсин:
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплығы болғанлардың ҳәр бирине 10 000 (он мың) АҚШ доллары муғдарында;
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына теңлестирилген шахслардың ҳәр бирине 25 000 000 (жигирма бес миллион) сум муғдарында;
1941-1945-жыллардағы урыс дәўириндеги мийнет фронты қатнасыўшыларының ҳәр бирине 3 000 000 (үш миллион) сум муғдарында.
- Усы Пәрманды орынлаў менен байланыслы болған қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Мәденият министрлиги, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциаицясы, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нуроний» қоры менен биргеликте Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплығы болғанларға усы ақшалай сыйлық салтанатлы түрде тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш. МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл, 19-февраль