Велоспортты раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде Олимпиада ҳәм Паралимпия ҳәрекети, қәнигелестирилген ҳәм ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халықтың физикалық белсендилигин арттырыў илажлары бойынша өткерилген мәжилисте белигилеп ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Өзбекстан велосипед спорты федерациясы баслығының биринши орынбасары Козим Ўринбайхожаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Қарақалпақстан Республикасы спорт министри Адилбек Алланазаров, Федерацияның Қарақалпақстан аймақлық бөлими баслығы Нуруллан Ерлепесовар менен ушырасты.

Ушырасыўда Лос-Анджелес-2028 Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көриўин тәмийинлеў мақсетинде «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпаларды муўапықластырыў, соның ишинде, спортшыларды селекциялаў ҳәм таңлап алыў ушын респубикамызда велоспорт бөлимлерин 10 ға жеткериў, Нөкис қаласында велоспорттың «BMX Racing» түрине мөлшерленген велодром қурыў, Кегейли районындағы спорт мектеби ҳәм усы райондағы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебин үлги сыпатында велоспортқа қәнигелестириў, Өзбекстан велосипед спорты федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў сыяқлы мәселелер додаланып, оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкерлер ҳәм орынланыў мүддети белгилеп алынды.
Буннан соң жумысшы топар ағзалары Кегейли, Бозатаў, Мойнақ районлары ҳәм Нөкис қаласындағы спорт мектеплериндеги велоспорт бөлимлериниң жумысларын үйренди.
Сондай-ақ, Федерация басшылары Кегейли районында өткерилген шоссе бойынша Қарақалпақстан чемпионатына қатнасып, жарыс жеңимпазларына диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги