Өз-ара тәжирийбе алмасып, көнликпелери арттырылды

«Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ ҚК Үстирт газ-химия комплексинде, “Мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған объектлерде айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм өртлер профилактикасы жумысларының нәтийжелилигин арттырыўда биргеликтеги ҳәрекетлер” атамасында оқыў-семинары өткерилди.
Мақсет – Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы айрықша әҳмийетке ийе ҳәм категорияланған объектлерде өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўди шөлкемлестириў бөлимшелериниң басшы ҳәм инспекторлар қурамының өз-ара тәжирийбе алмасыўын тәмийинлеў болып есапланады.
Оқыў семинарында қатнасыўшылар «Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ ҚК Үстирт газ-химия комплексиниң цехлары ҳәм участкаларына орнатылған заманагөй автомат өрт өшириў ҳәм өрттен хабар бериў қурылмалары және усы объектте шөлкемлестирилген 24-өрт-қутқарыў бөлиминдеги тийкарғы ҳәм арнаўлы техникалар, әсбап-үскенелер ҳәм жеке қурамға жаратылған шараятлар менен жақыннан таныстырылды.
– Сондай-ақ, семинарда объектте шөлкемлестирилген арнаўлы хызметлердиң күш ҳәм қуралларын тартқан ҳалда өрт өшириў әмелий-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди. Атап айтқанда, жәбирленгенлерди ўақыя орнынан алып шығып биринши медициналық жәрдем көрсетиў, шәртли түрде жүз берген өртлерди өшириў ҳәм басқа да режеде көрсетиген шынығыўлар әмелге асырылып көнликпелер арттырылды,-дейди ЖШЖ профилактика ҳәм қадағалаў инспекторы лейтенант Айдос Худайназаров.

Илажда қатнасыўшылардың айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм өртлер профилактикасы бойынша пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги