ЕЧЛ. «Реал» ҳәм «ПСЖ» кейинги басқышта, «Ювентус» турнирди тәрк етти

Футбол бойынша Европа Чемпионлар Лигасы өтиў басқышында жуўап ойынлары болып өтти.
Манчестерден жеңис пенен қайтқан «Реал» Мадридте де «Сити» клубы дәрўазасына 3 гол урды ҳәм кейинги басқышқа жоллама алды.
Мадрид командасы қурамында Мбаппе хет-трикке еристи. Нико қосып берилген минутларда гол урып есаптың 3:1 болыўын тәмийинледи. «Манчестер Сити» қурамында өзбекстанлы қорғаўшы Абдуқодир Ҳусанов толық ойын өткерди.
«ПСЖ» «Брест» дәрўазасына 7 гол урды. Еки ойын нәтийжесине бола француз клубы қарсыласын 10:0 есабында жеңди.
«Боруссия» Дортмундда «Спортинг» менен теңбе-тең ойнады.
Туринде «Ювентус»қа жеңилген «ПСВ» өз майданында тийкарғы ўақытта улыўма есапты теңлестирди, қосымша бөлимлердиң бириншисинде гол урып, жеңиске еристи.
Сол тәризде 1/8 финальда Италиядан тек бир клуб — «Интер» қалды. Бир күн алдыңғы (18-февраль) беллесиўинен кейин «Милан» ҳәм «Аталанта» да турнирди тәрк еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги