Шарўашылықты раўажландырыў мәселелери талқыланды

217

Халқымыз дастурханына арзан, соның менен бирге, сапалы гөш, сүт ҳәм қусшылық өнимлерин жеткерип бериў,  азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм елимиздиң абадан турмысын тәмийинлеўде оғада әҳмийетли мәселе болып табылады. Сонлықтан соңғы жыллары елимизде бул мәселеге  айрықша итибар қаратылып, шарўашылық тараўын раўажландырыў ҳәм оны қоллап-қуўатлаў бойынша көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық тараўын және де раўажландырыў, тараўда шешимин күтип турған мәселелер бойынша пикир-усынысларды тыңлаў мақсетинде, тийисли шөлкем ҳәм фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты.

Онда ең дәслеп соңғы жыллары Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында аўыл хожалығы тараўы, соның ишинде, шарўашылықты раўажландырыў бойынша жаратып берилип атырған имканиятлар ҳәм республикамызда исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған айрықша итибар ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Сондай-ақ, 2025-жылда әмелге асырылыўы белгиленген жойбарларды иске түсириў, фермер хожалықларының гөш, сүт, қусшылық өнимлерин ислеп шығарыўға арналған жаңа жойбарларын иске қосыў арқалы тараўды және де раўажландырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер талқыланды.

Өткерилген ушырасыўда фермер хожалықларының машқалалары тыңланып, оларды унамлы түрде шешиў бойынша тийисли шөлкем жуўапкер басшылары менен пикирлести ҳәм алдағы ўақытлары ислениўи тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги