Үш әўлад ушырасыўы жасларға өмир сабақларын бермекте

Тақыятас районында жайласқан әскерий бөлимде үш әўлад ушырасыўы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы «Нураний» қоры Республика Басқармасының бөлим баслығы М.Умаров, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Абдижаппаров, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Т.Атамуратов, районлық бөлим басшылары, әскерий хызметкерлер ҳәм жаслар қатнасты.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар соңғы жылларда Журтбасшымыз тәрепинен кексе әўлад ўәкиллерин социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың денсаўлығын беккемлеў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, нуранийлердиң турмыслық тәжирийбеси, халық арасындағы абырайына сүйенген ҳалда, мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, той-мерекелерди өткериўде артықша дәбдебелик ҳәм ысырапкершиликке жол қоймаў, шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыў, тыныш емес ҳәм келиспеўшиликлер келип шыққан шаңарақлардағы социаллық-руўхый орталықты турақластырыў, жасларымызды Ўатансүйиўшилик ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда райондағы белсенди нурнийлерге сүйенетуғынлығын атап өтти.

Сондай-ақ, илаж даўамында «Бир нураний он жасқа жуўапкер» принципине муўапық жасларды ҳәр бир мәҳәлледеги турмыслық тәжирийбеге ийе болған, заманагөй пикирлейтуғын белсенди нурнийлерге бириктириў арқалы бүгинги күнде жаслар арасындағы машқалаларға унамлы шешим таўып атырғанлығы да тилге алынып, нуранийлерге миннетдаршылық билдирилди ҳәм оларға естелик саўғалары тапсырылды.
Илаж даўамында мәденият тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги