Латвия өзбекстанлы мигрантлар ушын квота белгилиўди бийкар етти
138

Еки мәмлекет делегациялары арасында Ригада болып өткен ушырасыўда усы бойынша қарар қабыл етилди.
Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзир Латвияда 4 мыңнан аслам өзбекстанлылар жумыс ислемекте. Квота белгилеўдиң бийкар етилиўи олардың санының және де артыўына себеп болады.
Сондай-ақ, Өзбекстанда Латвияның «Kreiss» логистика компаниясы тәрепинен жүк машиналарын айдаўшыларды таярлайтуғын оқыў орнын шөлкемлестириўге келисилди.
Келисим шеңберинде, 2025-жылы 400 жерлесимиз компанияға жумысқа орналастырылатуғын болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги