Қаратереңниң келешеги айдын қызы Надира

Мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың билим алып, өнер үйренип, жәмийетте өз орынларын табыўы ушын барлық имканиятлар жаратылған. Әсиресе, ҳуқықлары ерлер менен теңлестирилип, гендер теңлик мәселеси үстин болған елимизде Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың белсендилигин арттырып, жәмийеттиң жетекши ўәкиллерине айландырыўда алып барылып атырған кең көлемли жумыслар бүгин олардың жетискенликлери менен жүзеге шықпақта.
Надира Абдиғаниева Тахтакөпир районының Қаратерең елатында туўылып өскен. Кишкене ғана қыздың билим алыўға, келешекке қарай талпыныўға деген қуштарлығы күшли болды. Лекин, тәғдир екен, әкесиниң биймезгил дүньядан көз жумыўы (Надира сол гезде он еки жаста болған) оны және де сергек, шаққан болып тапланып, анасының жанында турып сиңлиси менен бирге еле де күшли, билимли болып жетисип шығыўға умтылдырады. Кемпир апасы да оны бәрқулла қоллап-қуўатлап, бир жағы кемтик екенлигин дурыс тәрбия ҳәм ҳақ пәтиялары менен толтырып отырды.
Надира Бердақ атындағы ҚМУ дың шет тиллер факултетинде мәмлекетлик грант тийкарында билим алады. Сабақларынан жақсы оқыйтуғын қыз тез арада қатарлары арасында билими, шаққанлығы менен ажыралып турды. Сонлықтан да ол Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси болыўға миясар болды. Оның шет тиллерин үйрениўге деген қызығыўшылығы университеттиң бакалавр басқышында оқып жүрип, халықаралық грант тийкарында жеңимпаз болып, Европаның абырайлы жоқары оқыў орынларының биринде бир жыл даўамында билим алыўына тийкар болады. Европада бир неше еллердиң билимлендириў системасы ҳәм мәденияты менен танысып, тәжирийбеси артқан қыз келешекте еле де көп оқып, изленип, илим менен шуғылланыўды алдына мақсет етип қояды. Надира ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы ҚМУниң магистратура басқышының шет тиллер факультетинде инглис тили- лингвистика бағдарында билим алмақта.
Жақында Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң елимиз жаслары менен сәўбетлесиўинде қатнасқан Надира Абдиғаниеваның да барлық жаслар қатарында өзине үлкен мотивация алып, айдын келешекке деген исеними және де артты.

-Президентимиз сәўбетлесиў пайытында жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың билим алыўы, қәнигелик ийелеўи, олар ушын исбилерменлик субъектлерин ҳәм бос жумыс орынларын жаратыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик пенен шуғылланыўшы жасларға салық жеңилликлери жаратылатуғынлығы ҳаққында сөз етер екен, мени усындай инсан қәдири барлық нәрседен үстин туратуғын мәмлекетте жасап атрығанлығым ушын мақтаныш сезимлери бийледи. Әсиресе, Президентимиздиң «Мен бир турмыслық пикирди тәкирарлаўдан шаршамайман: бир қызды оқытсақ, пүткил шаңарақты оқытқан боламыз. Шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, пүткил жәмийет билимли, ағартыўшы болады. Бул бағдардағы жумысларды және де жедел даўам еттиремиз»,-дегени елимиздеги ҳәр бир қызға деген аталарша ғамхорлығы менен ҳәр бир қызға үлкен күш-жигер бағышлайды деп ойлайман. Сондай-ақ, «Бүгин бизнес ўәкиллериниң дерлик 40 процентин жаслар қурамақта. Студент-қызлардың саны он бир есеге көбейди. Илимий дәрежели жас илимпазларымыздың саны 2 есеге артып, 4 мың 357ге жетти» деген Журтбасшымыздың пикирлери биз жасларға деген жаратып берип атырған имканиятларының жемиси деп билемиз. Президентимиздиң бүгин жаслар исбилерменлигинде пүткиллей жаңа дәўирди баслап беретуғын 3 үлкен ҳүжжетке қол қойғанын жәриялаўы жас исбилерменлер ушын және де имканиятлар есигин ашпақта. Елимизде жаратылып атырған имканиятлар, шетки аўылларға шекем жетип барған раўажланыўлар мен туўылып өскен Қаратереңге де жетип барып, Президентимиздиң басламасы менен кең көлемли жумыслар алып барылып, туристлик орайға айландырылды. Усының нәтийжесинде бүгин Қаратереңди дүнья танымақта.

Ушырасыў даўамында мени қатты руўхландырған нәрсе ҳүрметли Президентимиздиң «Надира сен бахытлы қарақалпақ қызысаң. Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси болып, Европада оқып келгенлигиң , қуўаныш көз жасларың бизиң жолымыздың туўрылығынан дерек береди ҳәм сендей қызды тәрбиялаған ата-анаңа рахмет»- деген сөзлери мен ушын бир өмирге мотивация болды,-дейди ол.
Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги