Қарақалпақстанда тәбийғый газден нызамсыз пайдаланған исбилерменлер анықланды

Нөкис қаласы «Ватанпарвар» МПЖда жайласқан «Д.С.Н» ЖШЖ тәрепинен қурылып атырған көп қабатлы турақ жай көзден өткерилгенде газ тармағына өзбасымшалық пенен жалғанып алыў жағдайы анықланды. 617 миллион 760 мың сумлық зыян қайтадан есап-санақ етилген.
Нөкис қаласы «Гүлзар» МПЖда жайласқан ЖТИ А.Т.ға қараслы имаратта газ тәмийнаты кәрханасы менен тийисли шәртнамаға қол қоймастан тәбийғый газден өзбасымшалық пенен пайдаланып келинип атырғаны анықланды ҳәм 103 миллион 848 мың сумлық зыян есапланды.
Хожели районындағы «Наўрыз» МПЖда жасаўшы пуқара Х.Р.ға тийисли улыўма аўқатланыў орнында тутыныўшы тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдаларына қайшы түрде пайдаланып киятырғаны мәлим болды. Қайта есап-санақларға бола 123 миллион 688 мың сумлық зыян келтиргени анықланды.
ӨзА