Айырым шет тили оқытыўшыларына 50 млн сумнан субсидия ажыратылады

264

Кәсиплик билимлендириў мәкемелери ҳәм моно орайларда жумыс алып барып атырған шет тили оқытыўшылары ушын бир мәртелик субсидия ажыратылады. Бул ҳаққында Бәнтлик министрлиги хабар берди.

Оған бола, оқыўшылары инглиз, корейс, немис ҳәм япон тиллери бойынша кеминде Б1 ҳәм оған теңлестирилген халықаралық сертификат алған устазлар 25-февральға шекем Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы дизимнен өтиўи керек.

Сертификатқа ийе оқыўшылардың санына қарап рейтинг дүзиледи ҳәм 50 ең жақсы оқытыўшыға 50 миллион сум муғдарында бир мәртелик субсидия ажыратылады,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

Толық мағлыўмат ушын Миграция агентлигиниң +998 71-202-33-55 (ишки номер 32) телефон номерине қоңыраў етиң.

                                                                   Қарақалпақстан хабар агентлиги