Ыссыханалар себепли базарларымызда таза өнимлер жеткиликли

Соңғы жыллары елимизде ыссыханаларда өним жетистириўге үлкен итибар қаратылып, кең имканиятлар жаратылмақта.
Бүгинги күнде Нөкис районындағы Тақыркөл АПЖ аймағында жайласқан “Қудеков Жадигер” ЖШЖ тәрепинен 2,0 гектарлық майдандағы ыссыханада қыяр туқымларын егиў жумыслары алып барылмақта.
Бул ыссыхананың ишки бөлиминде барлық шараятлар жаратылған болып, топырақтың ығаллылығы ҳәм ҳаўа температурасы турақлы түрде қадағалаўға алынған.
Сондай-ақ, ыссыханада суўдан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде суўды үнемлейтуғын тамшылатып суўғарыў технологиясы орнатылған.

Халықты азық-аўқат пенен тәмийинлеў мақсетинде жетистирилген өнимлер тийкарынан ишки базарларға сатылады.
Бундай жумыслар, әлбетте, базарларымызда жаңа өнимлердиң көбейиўине, баҳаның турақлылығын сақлаўға тийкар жаратады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги