МОБ: Қарыздарлық себепли, пуқараларымызға газ ямаса жанылғы қуйыў шақапшаларында хызмет көрсетилмей атырғаны ҳаққындағы хабарлар тийкарсыз

200

Мәжбүрий орынлаў бюросының мәлимлеме хызметиниң билдириўинше, социаллық тармақларда автомобильлерге газ ямаса жанылғы қуйыў шақапшаларында пуқаралардың судлар ямаса басқа да уйымлар ҳүжжетелрине тийкарланып келип шыққан қарыздарлық себепли, автотранспорт қуралларына хызмет көрсетиў қадаған етилгени ҳаққындағы хабарлар тийкарсыз.

Пуқараларымыздың орынлаў жумыслары ҳаққындағы қарыздарлығы хабарлар, бәринен бурын «SMS хабарнамалар» арқалы мәлим етип барылады.

Қала берсе, пуқараларымыз жүзеге келип атырған қарыздарлықлар ҳаққында мағлыўматларды алыў ҳәм сырт елге шығыў алдынан шеклеў бар ямаса жоқ екенлигин мобиль телефон арқалы да билип барыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги