Абдуқодир Ҳусанов «Реал»ға қарсы ойында тийкарғы қурамда түсе ме?

122

Футбол бойынша Чемпионлар Лигасы шерек финальға өтиў ойынының жуўап ушырасыўында «Реал» «Манчестер Сити»ге қарсы ойнайды. Ушырасыў бүгин түнде болып өтеди.

Белгили спорт басылымлары «Манчестер Сити»диң ойын ушын таңлаған тийкарғы қурамын шамалады.

Opta басылымы қорғаўда Гвардиол, Аке, Рубен Диас, Рико Люис төртлиги ойнаўы мүмкин, деп есапламақта.

Sportsmole басылымы берген мағлыўматларда Ҳусанов тийкарғы қурамға киргизилмеген.

«Манчестер Сити»диң тийкарғы қурамы: Эдерсон; Нунес, Диас, Аке, Гвардиол; Гонсалес; Савинё, Силва, Де Брюне, Мармуш; Ҳоланд.

NBC Sports басылымы да жарақат алған Аканжи орнына Люсти қурамға қосқан.

Fansided басылымы да Ҳусановты басланғыш қурамда майданға түсиўи мүмкин, деп есапламақта.

Мағлыўмат ушын, клублар арасындағы дәслепки ойын Гвардиола шәкиртлериниң 2:3 есабындағы жеңилиўи менен жуўмақланған еди. Жуўап ойыны бүгин, 19-февраль күни болып өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги