«Теңлик журналистикасы: гендер ҳәм климат машқалалары» темасында тренинг өткерилди
17-18-февраль күнлери Нөкис қаласындағы «Жипек жолы» мийманханасында «Теңлик журналистикасы: гендер ҳәм климат машқалалары» темасында тренинг болып өтти. Семинар «EU Tabassum (Smile): ҒХҚ көнликпелери арқалы гендер теңлигин үгит-нәсиятлаў ҳәм Өзбекстанның жас ҳаял-қызларын қоллап-қуўатлаў» жойбары DW Akademie, Заманагөй журналистиканы раўажландырыў орайы (MJDC) тәрепинен шөлкемлестирилди.
Семинарға бир қатар тараў экспертлери, журналистлер, блогерлер, Журналистика қәнигелиги студентлери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң (МКШ) ўәкиллери қатнасты.
– Бул тренингке қатнасып, өзимизге керекли болған жаңа билим ҳәм көнликпелерди алдық, – дейди Жаслар Ислери агентлигиниң «Медиа орайы» бас координаторы А.Амангелдиева. – Усындай илажлар тез-тезден өткерилип турса, мақсетке муўапық болар еди. Тренингти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргенлерге қатнасыўшылар атынан үлкен миннетдаршылық билдиремен ҳәм алдағы ўақытлары да бундай илажлар өткерилип турса екен, деп ойлайман.
Еки күн даўамында қатнасыўшылар «Климат өзгерислериниң ҳаял-қызлар өмирине тәсири ҳәм гендер теңлиги», «ҒХҚдағы дезинформацияға қарсы гүрес усыллары», «Гендер журналистикасы ҳәм оның ҒХҚдағы роли», «Экология ҳәм теңлик мәселелерин сәўлелендириўде сапалы контентлер таярлаў» сыяқлы темаларда билим ҳәм көнликпелерге ийе болды.
Қатнасыўшылар ҒХҚдағы гендер стереотиплерин әмелий шынығыўлар жәрдеминде додалап, климат машқалаларын сәўлелендириў бойынша жаңа жойбарларды ислеп шықты.
«Журналистлер экологиялық ҳәм социаллық машқалалар бойынша жәмийетшиликтиң пикирин қәлиплестириўде әҳмийетли рол атқарады. ҒХҚ арқалы ҳақыйқат ҳәм ашық мағлыўматларды жеткериў жүдә зәрүр» – дейди медиа тренер Барнохон Артикходжаева.
Бундай семинарлар республикамыздың және 8 аймағында шөлкемлестириледи.
Семинар жуўмағында барлық қатнасыўшыларға «EU Tabassum (Smile) жойбарының арнаўлы сертификатлары тапсырылды.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы