Ярмаркада 10 пуқара жумыс пенен тәмийинленди

190

Қараөзек районында район  ҳәкимлиги ҳәм районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими менен биргеликте, жумыссыз ҳаял-қызлар ушын бос жумыс орынлары  ярмаркасы болып өтти.

Илажда қатнасыўшылар ең дәслеп районда жеке өнерментлер тәрепинен дөретилген миллий қол өнери буйымлары менен танысты ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар тәрепинен өз исбилерменлигин баслаў бойынша түсиниклер берилди.

Соңынан қатнасыўшылар райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем ҳәм исбилерменлик субьектлери тәрепинен ярмаркаға қойылған бос жумыс орынлары менен танысты.

Өткерилген илаж даўамында 10 жумыссыз пуқараға жумысқа орналасыў ушын районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен жолламалар берилди.

Ал, 8 жумыссыз пуқараға болса, бөлим қәнигелери тәрепинен ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы