Жас спортшыларымыздың Таиландтағы табысы

Тайландтың Бангкок қаласында 10-15-февраль күнлери спорттың Жиу-Житсу түринен Азия чемпионаты болып өтти.
Жарысқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы спортшылар да табыслы қатнасты. Атап айтқанда, 16 жастағы жас өспиримлер арасында өткерилген беллесиўлерде Аллаяр Бахбергенов -48 кг салмақ категориясында барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионы атағына миясар болды.
Ал, 14 жастағы спортшылар арасында болса, Камола Ғуламова 36 кг салмақта nevaza ҳәм fighting түрлери бойынша беллесиўлерге қатнасып, еки қола медалын қолға киргизди.

Жас спортшыларымызды бул жарысқа тренерлерден Н.Каипов, Б.Үббиев, Р.Балтабаев, Р.Жүзбаевлар таярлады.
-Шәкиртлеримниң ерискен табысынан оғада қуўанышлыман,-дейди Шымбай районындағы спорт мектебиниң тренери Баймурат Үббиев.-Алдағы ўақытлары да шынығыўларымызды даўам етип, жәҳән чемпионатларында да жеңимпазлықты қолға киргизиўге ҳәрекет етемиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы