Алматаға қоныўы керек самолётлар Ташкентке жиберилди

181

Қойыў думан себепли Алмата қаласына қона алмаған еки рейс Ташкенттеги альтернатив аэродромға жиберилди.

«Loong Air» компаниясының Ханчжоудан Алматаға ушқан GJ8217 рейси 17-февраль күни саат 23605 те Ташкентке қонды. Жолаўшылар ҳәм экипаж ағзалары мийманханаларға жайластырылды. Мәнзил аэропортқа ушыў жергиликли ўақыт пенен аат 14:00 ге режелестирилген.

Буннан тысқары «Azimut» авиакомпаниясының Минералне Води – Алмата жөнелиси бойынша AZO6141 рейси  жергиликли ўақыт пенен 08:11 де пайтахтымызға келип қонды.

Алматаға бул рейслер пәрўаз еткен ўақытта ҳаўа температурасы -8 градус болып, қойыў думанда көриў аралығы 50 метрден аспағанлығын айтып өтиў керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги