Жаслар халқымыздың алтын фонды

Бүгинги күни Өзбекстан Республикасы халқының 60 процентин жаслар қурайды. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, ҳәр жылы елимиздиң мийнет базарына 600 мыңнан артық жигит-қызлар кирип келмекте. 2030-жылға барып, бул көрсеткиш 1 миллионға жетеди.
Сонлықтан жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, умтылысларына шараят жаратыў мәмлекетимиздиң баслы сиясатына айланған.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-февраль күни елимиз жаслары менен менен сөйлесиўинде де усындай әҳмийетли мәселелер додаланды. Видеоселектор түринде өткен ушырасыўда мәмлекетимиз Басшысы сөзиниң басында бул ушырасыўдан қуўанышлы екенин атап өтип, жасларды халқымыздың алтын фонды, деп атады.
Ушырасыўда Ҳүрметли Президентимиз жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға қаратылған 3 әҳмийетли ҳүжжетке қол қойғанын мәлим етти.
Биринши ҳүжжетке бола, Жаслар агентлиги жанында қор дүзилип, оған 100 миллион доллар қаржы ажыратылды. Ендигиден былай елимиздеги исбилермен жасларға 2,5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредитлер берилип, стартап жойбарларға 2 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.
Екинши қарар тийкарында болса, жоқары оқыў орны питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа система жолға қойылады. Буның ушын Миллий банкке 100 миллион доллар бағдарлап, олардың баслама ҳәм идеяларын жойбарға айландырыў бойынша банк хызметлери енгизиледи.
Сондай-ақ, ҳүжжетке бола, Алоқабанк жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаўшы таяныш банкке айландырылып, оған 200 миллион доллар бериледи. Алоқабанк өзин-өзи бәнт еткен жаслардың жойбарлары ушын 100 миллион сумға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген микроқарыз ажыратады.
Сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилермен болған, кеминде 20 жасты жумысқа алып, киши кәрхана ашқан ҳәм оқыў орайын шөлкемлестирген жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекемги жеңиллетилген кредит бериледи. Банк кредитлериниң кеминде 30 проценти ҳаял-қызлар исбилерменлиги ушын қаратылады.
Бизге белгили, быйыл дерлик 5 миллион 200 мың халықты бәнт етиў мөлшерленген. Онда жаслардың үлкен орны бар.
Мәселен, қыйтақ жер ҳәм атызынан нәтийжели пайдаланып, кеминде 100 миллион сум дәрамат алған жасларға әпиўайыластырылған тәртипте жер ажыратылады. Санаат ипотекасы арқалы таяр өндирис майданын алған жас исбилерменге жеңиллетилген шәртлерде үскенелер де алып бериледи. Хызмет көрсетиў тараўында жасларды жумысқа алып, кеминде 3 миллион сум айлық төлеген кәрханаларға социаллық салық 1 процент болады.
Жасырарлығы жоқ, креатив экономика тараўларында жумыс ислеп атырғанлардың 98 проценти жаслар қурайды. Өткен жылы бул бойынша нызам қабыл етилип, ҳуқықый тийкарлары белгиленди.
Енди аймақларда да креатив индустрия парклери қурылады. Олардың резидентлерине 2030-жылдың ақырына шекем жеңиллетилген салық режими қолланады. Бул бағдарда бизнес мектеплери шөлкемлестирилип, бизнес алып барыў ҳәм электрон коммерция сыяқлы хызмет көрсетиўдиң инновациялық усыллары үйретиледи.
Жумыс табыўда шет тиллерин билиў оғада әҳмийетли. Соның ушын шетки аймақларда шет тиллерине қәнигелескен оқыў орайларын ашқан маман жасларға 120 миллион сумға шекемги процентсиз ссуда бериледи. Сондай-ақ, жеке меншик оқыў орайларында шет тиллерин үйренетуғын жасларға төлемлери «2+6» ай түринде қаплап бериледи.
IT тараўында «Бир миллион программист» жойбарына қосымша 300 мың жаслар тартылады. «Санлы социаллық экосистема»ны енгизиў бойынша узақ мүддетли стратегия ислеп шығылады.
Кәмбағаллықтан шығыўдың ең нәтийжели шешими де – бул билимлендириў. Соның ушын бундай шаңарақлардың перзенти процентсиз тәлим кредити, қосымша грант, шәртнама төлемине жәрдем арқалы оқыўға қоллап-қуўатланады. Билимге қуштар, бирақ шаңарақлық шараяты аўыр болған жасларды сырт елде оқытыў бойынша жаңа система – «Айдын келешек» жойбары енгизиледи.
Жаслар агентлиги сырт елде оқып атырған ҳәр бир студентке қәўендер болады. Билимли жигит-қызлар дүньяның «Топ-100» жоқары оқыў орынларына жиберилип, оқыў ҳәм жасаў қәрежетлери қаплап бериледи. Сырт елде оқып келгенлер миллий кадрлар резервине киргизилип, мәмлекетлик уйымларға таңлаўсыз жумысқа алынады.
Буннан тысқары, рейтинги жоқары халықаралық университетлерде илимий дәреже алған 35 жасқа шекемги жас илимпазларға турақ жай ушын 10 жыл мүддетке 800 миллион сумға шекемги процентсиз ссуда ажыратылады. Абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болғанлар ушын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары 5 есеге арттырылады.
Энергетика, транспорт, урбанизация, заманагөй архитектура, медицина бағдарларында «Эл-юрт умиди» қорының квоталары көбейтиледи. Әскерий билим бериў орынларының үлгили тыңлаўшылары ушын «Жоқары бас сәркарда» мәмлекетлик стипендиясы енгизиледи.
Келеси оқыў жылынан баслап оқыўшылар арасында инженерлик олимпиадаларын ҳәм таңлаўлар өткериў жолға қойылады. Жеңимпаз болған питкериўши жаслар техника жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға киреди.
Усылар менен бир қатарда, өткерилген мәжилисте жас әўладта миллий руўхыйлықты қәлиплестириў, идеялогиялық басымлар ҳәм зыянлы информациялардан қорғаў мәселелерине де тоқтап өтилди. Тәрбиясы аўыр балаларға айрықша меҳир-итибар көрсетиў, өмирде орнын табыўына жәрдемлесиў зәрүр екенлиги айтылды.
Ўатансүйиўшилик руўхын күшейтиў мақсетинде 10-11-класс оқыўшылары арасында «Ватан таянчи» ҳәрекети басланды. Оған 300 мыңнан аслам жаслар қамтып алынды.
Енди бул ҳәрекет кәсип-өнер мектеби, техникум ҳәм жеке меншик билимлендириў шөлкемлеринде де жолға қойылып, 1 миллион оқыўшы қамтып алынады. Олардың арасында ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм жарыслар шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, мәҳәллелерде «Шижоат ва ғайрат» спорт ойынлары өткериледи. Жеңимпаз мәҳәллелерге спорт имараты қурылып, қураллар менен тәмийинленеди. «Ватан танчи» ҳәм «Шижоат ва ғайрат» жарысларының жеңимпазларына әскерий билимлендириў орынларына кириў ушын усыныс бериледи.
Президентимиздиң жасларымыздың тәлим-тәрбиясы ҳәм келешегине деген аталарша ғамқорлығы ҳәм қоллап-қуўатлаўлары қарақалпақстанлы жасларға да үлкен қуўаныш бағышлап, олардың ертеңги күнге деген исенимин беккемледи.
Бизлер елимиз Басшысының бундай басламаларын қоллап-қуўатлап, жаслардың жоқары оқыў орынларында оқып, билим алыўы ҳәм ертеңги күни мәмлекетимиз ушын жетик қәнигелер болып жетилисиўи ушын барлық қолайлы шараятларды жаратып бериўге бар күшимизди жумсаған ҳалда ҳәрекет етемиз. Себеби, жаслар елимиздиң ертеңги айдын келешеги, Президентимиздиң айтып өткениндей халқымыздың алтын фонды болып табылады.
Ҳамза Абдижалиев,
Самарқанд мәмлекетлик Ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы директорының биринши орынбасары,
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги