Германия: Парламентлик сайлаўда оппозицияның имканияты жоқары

165

23-февраль күни Германияда парламентлик сайлаў болып өтеди. Усы мүнәсибет пенен «Die Welt» газетасы сиясий топарлардың имканиятына анықлық киргизиў мақсетинде сораўнама өткерди. Сораўнама жуўмақларындағы мағлыўматлар исенимли шықса,  Фридрих Мерц ГФРдың жаңа канцлери болады. Оның консерватив блогы болса абсолют көпшилик орынды қолға киргизе алмайды ҳәм парламентке киретуғын басқа да сиясий күшлер менен коалиция дүзиўге туўра келеди. Яғный Мерц СДП ямаса «Жасыллар» менен келисиўи мүмкин.

Буннан бурын Украинаға әскерий жәрдемди даўам еттириўге ўәде берген жетекшиликке даўагер Киевке «Taurus» қанатлы ракетасын жибериўдиң тәрепдары. Украина бираздан берли Германиядан 500 километр аралыққа ушатуғын усындай қурылмалар жеткерип бериўди сорап келеди. Шольц ҳүкимети келиспеўшилик кескин күшейип кетиўинен қәўетерленип, бул ҳәрекеттен тыйылып келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги