Билимлендириў тараўында әҳмийетли мәселелер додаланды

189

Ҳүрметли Президентимиздиң мәмлекетимиз жаслары менен өткерген ушырасыўында берилген тапсырмалары шеңберинде университетте мәжилис болып өтти.

Хабарыңыз бар, 14-февраль күни Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев мәмлекетимиз жаслары менен өткерген ушырасыўында жоқары оқыў орынларының алдында турған ўазыпалар, яғный тәлим-тәрбияға айрықша итибар қаратыў кереклигин, билимлендириўдиң сапасы ҳәм жоқары оқыў орынларының халықаралық майдандағы орнын беккемлеў мәселесин айрықша атап өтти.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ректор А.Реймовтың басшылығында мәжилис болып өтти. Мәжилисте университеттиң барлық проректорлары, факультет деканлары ҳәм кафедра баслықлары қатнасты.

Мәжилис даўамында ректор Президент тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалар ҳаққында айтып, бул мәселелерди әмелге асырыў ушын университеттиң барлық профессор-оқытыўшылары, бөлимлери биргеликте жумыс алып барыў кереклигин атап өтти.

Соның ишинде, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оқыў бағдарламаларын халықаралық талаплар бойынша жаңалаў, студентлер ҳәм профессор-оқытыўшыларды заманагөй педагогикалық методлар менен таныстырыў, сондай-ақ, университетте инновациялық қолланбаларды әмелиятқа енгизиў, халықаралық конференция ҳәм илажларда қатнасыў кереклиги айрықша атап өтилди.

Соның менен бирге, ректор тәрепинен университетте келешекте әмелге асырылатуғын инновациялық басламалар, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм студентлер ушын жаңа имканиятлар жаратыў бағдарында режелестирилген жумыслар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди. Бул бағдардағы жумыслардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде барлық жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги