Тахтакөпир районында көшпели қабыллаў өткерилди
88

Тахтакөпир районында Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров пуқаралардың мүрәжатлерин тыңлады.
Өткерилген қабыллаўда бәнтликке байланыслы мүрәжатлер, медициналық жәрдемлер көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, мәҳәллелердеги инфраструктура, банк кредитлери, қурылыс жумыслары ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша мүрәжатлер билдирилди.

Сондай-ақ, майыплықты белгилеў бойынша мүрәжат еткен пуқараларға районлараралық социаллық-медициналық эксперт комиссиясына арнаўлы жолламалар берилди.
Машқалалардың көпшилиги сол жерде шешилген болса, шешими белгили ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлер тийисли жуўапкерлерге бекитилди.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы