Артур Кеңесбаев Санкт-Петербург турниринде қатнасады
211

17-23-февраль күнлери Россия Федерациясының Санкт-Петербург қаласында жас өспиримлер арасында халықаралық бокс турнири болып өтеди.
Оған Россия Федерациясынан тысқары, Беларусь, Қазақстан ҳәм Өзбекстан Республикаларының ең күшли жас боксшилери қатнасады.
Атап айтқанда, Өзбекстан сайланды командасынан 13 салмақ категориясында 20 боксши жарыс жеңимпазлығы ушын беллесиўлерге түседи. Соның ишинде, ең аўыр +80 кг салмақта қарақалпақстанлы жас үмитли боксши Артур Кеңесбаев та қатнасады.
Жас боксшилеримизге Хулио Ли Эчаварриа, Бахтиёржон Турабоев ҳәм Жаҳонгир Раҳмонов устазлық етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы