Кәсиплик раўажланыўдың жаңа басқышы қәлиплеспекте

Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 2025-жыл 31-январьдағы арнаўлы буйрығына тийкарланып, улыўма орта билим бериў мектеплериниң баслаўыш класс пән муғаллимлери ушын “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажларын шөлкемлестириў режелестирилген.
Усы реже тийкарында, Шоманай районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 33-санлы таяныш мектебинде баслаўыш класс пәнлеринен дәслепки “Кәсиплик раўажланыў күни” илажы болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайының методисти С.Турдымуратов ҳәм райондағы улыўма орта билим бериў мектебиниң баслаўыш класс пәни жетекши муғаллимлери қатнасты.
Райондағы 33-санлы мектеп баслаўыш класс пәни бағдары бойынша таярлаў мектеби етип белгиленди ҳәм оған бөлимге қараслы жәми 32 мектептен бириктирилген 32 баслаўыш класслардың жетекши-муғаллимлери қамтып алынды.

Бул илаж баслаўыш класс муғаллимлериниң кәсиплик шеберлигин арттырыў, жаңа педагогикалық технологиялар менен таныстырыў ҳәм олардың өз-ара тәжирийбе алмасыўын тәмийинлеўге қаратылған болып, бул илажларды өткериўден мақсет -муғаллимлердиң педагогикалық шеберлигин арттырыў, оларға методикалық жәрдем көрсетиў болып есапланады. “Кәсиплик раўажланыў күни” илажлары баслаўыш класс муғаллимлериниң кәсиплик шеберлигин арттырыўда әҳмийетли рол атқарады.
Бундай илажлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги