«Дүньядағы ең ақыллы жасалма интеллект» 18-февральда усыныс етиледи

237

Белгили миллиардер, xAI технология компаниясының ийеси Илон Маск жаңаланған Grok  чат-ботының усыныс етилетуғынын жәриялады, деп хабар береди xabar.uz.

Масктиң өзи «Жердеги ең ақыллы жасалма интеллект» деп аталған бул чат-бот бизиң ўақыт пенен 18-февраль күни саат 5:00 де (Тыныш океаны ўақты менен 17-февраль саат 20:00да) усыныс етиледи.

Атап өтилиўинше, жаңаланған система еле ҳеш бир қолланба ериспеген дәрежеде мағлыўматларды таллаў ҳәм жуўаплар бериў қәбилетине ийе. Сынаўларда Grok 3 барлық бәсекилеслерди артта қалдырды, деди Маск.

Алдын Grok сат-ботынан тек X Premium жазылыўшыларының пайдаланыўы мүмкин еди. Grok 3 болса бийпул, оның ушын grok.com веб-сайтына кириў керек ямаса мобил қосымшадан пайдаланыў мүмкин. Көплеген чат-ботлардан парқы, Grok 3 сораў-жуўапларда дерлик шегара жоқ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги