БРИКС саммити қашан ҳәм қай жерде өткерилетуғыны мәлим болды

146

БРИКС келеси саммитин усы жылдың 6-7-июль күнлери Рио-де-Жанейрода өткереди, Бразилия СИМ баслығы Мауро Виейра бул ҳаққында X социаллық тармағында мәлим етти, деп хабар береди xabar.uz.

Бразилия 1-январьдан берли БРИКС баслығы есапланады. Жазғы саммитте шөлкемниң  турақлы ағзалары ямаса шериклери статусына ийе 20 мәмлекеттиң басшылары қатнасады.

Виейраның айтыўынша, саммитте ағза-мәмлекетлердиң бирге ислесиўин раўажландырыў ҳәм олардың халқының турмысын жақсылаўға қаратылған  «оғада әҳмийетли қарарлар» қабыл етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги