Абдуқодир Ҳусановтың қәдеми «Сити» ушын қутлы келмекте

Футбол бойынша Англия чемпионаты 25-турында «Манчестер Сити» «Нюкасл»ди үйинде қабыл етип, үлкен есапта жеңди.
Ушырасыўдың 19-минутында Эдерсонның пасынан кейин Мармуш есапты ашты. 5 минут өтип Гюндаганның пасын голға айландырған египетли футболшы дубльге еристи. 33-минутта және сол Мармуш «Нюкасл» дәрўазасына гол урып хет-трикке еристи. Бөлим усы есапта жуўмақланды.
Екинши бөлимде «Манчестер Сити» төртинши голын урды ҳәм есапты 4:0 ге асырды.
Бул жеңис пенен Гвардиола шәкиртлери 25-турдан кейин упайлары санын 44 ке жеткерип, 4-орынға көтерилип алды.
Ойында Абдуқодир Ҳусанов тийкарғы қурамнан орын алды ҳәм ушырасыўда толық ҳәрекет етти.
«Сити» клубы кейинги ушырасыўды 19-февраль күни Европа Чемпионлар Лигасы плей-офф басқышы жуўап ойынында «Реал»ға қарсы өткереди. Бул клублар арасындағы дәслепки ушырасыў «патшалық клубы» пайдасына (3:2) шешилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги