У-20 Азия Кубоги. Өзбекстан мүддетинен алдын шерек финальға шықты

148

Шенчженде У-20 Азия Кубоги 2-турынан орын алған беллесиўлер өткерилди. Онда «С» топары шеңберинде Өзбекстан сайланды командасы Индонезияға қарсы майданға түсти. 

Ушырасыўдың 21-минутында Муҳаммадали Ўринбаев есапты ашқан болса, арадан 2 минут өтип Равен есапты теңлестирди. Екинши бөлимниң басында Абдуғофур Ҳайдаров есапты асырды. 63-минутқа келип Саидумархон Саиднуруллаев арадағы парықты екиге көбейтти. Ойынның соңына шекем 1:3 есабы сақланып турды. 1-турда Өзбекстан Яманды минимал есапта жеңген еди.

Өзбекстан шерек финальда «Д» топарында жетекшилик етип атырған Япония яки Қубла Корея жаслары менен ойнаўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги