Өзбекстан Ресубликасы Президенти рәсмий сапар менен Кувейт Мәмлекетинде болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Кувейт Мәмлекети Амири Шайх Мищъал ас-Сабоҳтиң мирәт етиўине бола 17-18-февраль күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, Ал-Кувейт қаласында жоқары дәрежеде еки тәреплеме сөйлесиўлер ҳәм усы мәмлекет ҳүкимет ағзалары, жетекши компаниялары ҳәм банк-қаржы системалары басшылары менен ушырасыў болып өтеди.
Болатуғын саммит күн тәртибинен Өзбекстан-Кувейт дослық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў, саўда, инновациялар, инвестиция ҳәм қаржы, «жасыл» энергетика, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, инфраструктура, қала қурылысы, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алыўы нәзерде тутылған.
Мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм алмасыўын кеңейтиў мәселелери де дыққат орайында болады. Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Кувейт жетекшилери халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин көрип шығады.
Сөйлесиўлер жуўмағында бир қатар биргеликтеги ҳүжжетлер ҳәм келисимлер қабыл етилиўи күтилмекте.
ӨзА