Мақсет – халықтың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли тәмийинлеў

Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң хабарына бола, районлық Ишки ислер бөлиминиң мәжилислер залында Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районлық судының тергеў судьясы Д.Юсупованың басшылығында мәжилис болып өтти.
Районлық ИИМ баслығының орынбасары Ш.Жолдасбаев ҳәм районлық ИИМ профилактика инспекторларының қатнасыўында өткерилген мәжилисте Д.Юсупова Өзбекстан Республикасы Президентиниң шахслардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў бағдарында қабыл етилген пәрманының мазмун-мәниси бойынша түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, мәжилис даўамында тергеў судьясы «Өзбекстан-2030» стратегиясында судлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша белгиленген илажларға тоқтап өтилди.

Соң районлық ИИМ имаратында гергеў судьясы тәрепинен көшпели суд шөлкемлестирилди. Көшпели суд мәжилисинде ИИМ тәрепинен берилген жәми 20 ис материалы көрип шығылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги