Ветеранлар менен ушырасыў өткерилди

258

Аўғанстанда әскерий ҳәрекетлердиң тоқтатылғанлығына 36 жыл толды. Усы мүнәсибет пенен орынларда илажлар болып өтпекте.

Беруний районындағы 56-улыўма орта билим бериў мектебинде Аўғанстанда әскерий ҳәрекетлерде қатнасқан урыс ветеранлары менен ушырасыў болып өтти, – дейди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.

Ушырасыўда Шақырыққа шекем басланғыш тәлим пәни муғаллими, интернационал жаўынгер, резервтеги лейтенант И.Бекчанов алып барды.

Онда Аўған урысы ветеранлары М.Қораев, Х.Янгибоев, Ж.Жуманов ҳәм Қураллы күшлер ветераны, подполковник Б.Утегеновлар қатнасты. Олар оқыўшыларға өзлериниң өмири ҳәм жумысы ҳаққында айтып берди. Тарийхқа айланып атырған ҳәр бир күнимизден жуўмақ шығарыў, тынышлықтың қәдирине жетиў темаларында сәўбетлесиўлер болып өтти.

Илаж жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, ўатанға мухаббат ҳәм садықлықты және де арттырыў мақсетинде өткерилди.

Соң ветеранлар менен мектептиң белсенди жаслары биргеликте бирге хызмет еткен қатарласларының үйлерине барып, олардан хабар алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги