«Ватан таянчи» ҳәм «Шижоат ва ғайрат» жарысларының жеңимпазларына әскерий жоқары оқыў орынларына кириў ушын усыныс бериледи

375

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз жаслары менен сөйлесиўинде атап өтилди.

Жасларымызда ўатансүйиўшилик руўхын күшейтиў бойынша 10-11-класс оқыўшылары арасында басланған «Ватан таянчи» ҳәрекети кәсип-өнер мектеби, техникум ҳәм жеке меншик билимлендириў шөлкемлеринде де жолға қойылыўы белгиленди.

«Ватан таянчи» отрядлары арасында «мектеп-район-ўәлаят-республика» дәрежесинде спорт жарыслары ҳәм дөретиўшилик таңлаўлар шөлкемлестириледи.

Усындай ҳәр бир мәҳелледе жаслар арасында «мәҳәлле-сектор-район-ўәлаят-республика» дәрежесинде «Шижоат ва ғайрат» спорт ойынлары өткериледи. Жеңимпаз мәҳәллелерге спорт имараты қурып бериледи, зәрүр қураллар менен тәмийинленеди.

«Ватан таянчи» ҳәм «Шижоат ва ғайрат» жарысларының жеңимпазларына әскерий жоқары оқыў орынларына кириўи ушын усыныс бериледи.

ӨзА