Студент-қызлардың саны он бир есеге көбейди

Көксарай резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз жаслары менен сөйлесиўи даўам етпекте.
Бурын жоқары билимлендириўде 1 орын ушын кеминде 10 жигит-қыз беллесетуғын еди. Қысқа дәўир ишинде жоқары оқыў орынларының саны 3 есеге арттырылды. Туризмде қамтып алыў 42 процентке жетти.
Ҳаял-қызларға контракти мәмлекет тәрепинен қаплап берилип атырғаны есабынан студент-қызлардың саны он бир есеге көбейди.
– Мен бир турмыслық пикирди тәкирарлаўдан шаршамайман: бир қызды оқытсақ, пүткил шаңарақты оқытқан боламыз. Шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, пүткил жәмийет билимли, ағартыўшы болады. Бул бағдардағы жумысларды және де жедел даўам еттиремиз,-деди Президент.
Өткен 25 жыл ишинде мәмлекет есабынан 800 жас сырт елге оқыўға жиберилген болса, тек ғана «Эл-юрт» умиди қоры арқалы соңғы 7 жылда үш есеге көп ул-қызларымыз бундай имканиятқа ийе болды.
Енди, Жаслар агентлиги сырт елде оқып атырған ҳәр бир студентке бас-қас болып, мүтәжликлерин анықлаўы, Ўатанға қайтып, өз орнын табыўы, табыслы карьера етиўи сыяқлы мәселелерде Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен теңдей жуўапкер болатуғыны белгиленди.
ӨзА