Бүгин бизнес ўәкиллериниң дерлик 40 процентин жаслар қурамақта

187

Бул ҳаққында Көксарай резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз жаслары менен даўам етип атырған сөйлесиўинде атап өтилди.

Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан артық жаслар кирип келмекте. 2030-жылға барып бул көрсеткиш 1 миллионға жетеди.

Бул мәмлекет ҳәм жәмийетке үлкен жуўапкершилик жүклейтуғыны атап өтилди.

Бул бағдарда жасларды қоллап-қуўатлаў системасы жаратылды. Тек ғана «Жаслар дәптери» арқалы өткен жылы 180 мың жасларға 345 миллиард сумлық жәрдем көрсетилди.

Өткен 8 жылда жас исбилерменлердиң саны 3 есеге көбейип, бүгин бизнес ўәкиллериниң дерлик 40 процентин жаслар қурамақта.

Жумыссыз жаслар 2 есеге азайды. Жумыссызлықтан аўлақ мәҳәллелер саны 1 мың 889ға жетти.

Соның менен бирге, Шўрчи, Бувайда, Фурқат, Касби, Фориш районларында жумыссыз жаслар көплиги сол жердеги басшылардың жуўапкершиликсизлигинен дерек екенлиги көрсетип өтилди.

ӨзА