Токио 2040-жылға шекем қайта тикленетуғын энергия үлесин 50 процентке жеткермекши

194

Япония ҳүкимети 2040-жылы мәмлекеттиң энергетика турақлылығында қайта тикленетуғын энергия дереклериниң үлесин 40-50 процентке жеткериўди режелестирмекте. Бул ҳаққында «Kyodo» агентлиги хабар тарқатқан.

Бундай нәтийжеге ерисиў ушын энергияның нәтийжелилиги, шыдамлылығы сыяқлы әҳмийетли көрсеткишлер бойынша оптимал қураллардан, сондай-ақ, самал электр станцияларынан үстин болған ийилиўшең қуяш панеллеринен пайдаланыў талап етиледи.

15-жылдан соң, ҳүкимет тәрепинен ислеп шығылып атырған энергетика режесиниң жойбарына бола, улыўма талаптың дерлик 20 процентин атом энергетикасы, 30-40 процентин болса ыссылық электр станциялары қаплайды.

Әмелдеги режеде болса 2030-жылға шекем қайта тикленетуғын энергия 36-38, атом электр станциялары 20-22, ыссылық электр станциялары 41, водород ҳәм аммиак 1 процентти қурайтуғыны белгиленген.

ӨзА