Винисиус Саудияға кете ме? Клубтың позициясы жәрияланды

Мадридтиң «Реал» клубы 24 жасар бразилиялы ҳүжимши Винисиус Жуниорға Саудия Арабстаны клубларының қызығыўшылығы ҳаққында тарқалған хабарларға қандай мүнәсибетте екени мәлим болды. Бул ҳаққында Релево басылымы хабар бермекте.
Дерекке бола, клуб баспасөзде пайда болған сөзлерге итибар бермей атыр. Себеби, Винисиустың «Реал» менен шәртнамасы 2027-жылға шекем әмел етеди ҳәм онда 1 миллиард евро муғдарында төлем пулы белгиленген. «Реал» футболшыны сатыў нийетинде емес ҳәм келешекте шәртнаманы қашан созатуғынын өзи шешеди.
Алдыныр-ақ Винисиус Жуниор «Реал» менен шәртнаманы созыўдан бас тартқаны ҳәм оған Саудия клублары қызығып атырғаны ҳаққында хабарлар тарқалған еди.
Бразилиялы футболшы 2018-жылдан берли «патшалық клуб»ында ойнайды. Бул дәўир даўамында 193 ушырасыўда майданға түсип, 57 мәрте қарсылас команда дәрўазасына гол урған. Transfermarkt порталы футболшының базар баҳасын 200 миллион евроға баҳалаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги