Президенттиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте атап өтилгениндей, ең тийкарғы мәселе – параспортшыларды таярлаўда олардың майыплық категориясын ерте анықлаўды жолға қойыў зәрүр.
Жуўапкерлерге еки айда «Халықаралық паралимпия комитети классификация кодекси» талаплары тийкарында Миллий классификация қағыйдаларын тастыйықлаў бойынша тапсырма берилди.
Денсаўлықты сақлаў министрлигине параспортшыларды классификациядан өткериў ҳәм оларға медициналық хызмет көрсетиўге жәрдемлесетуғын медицина қәнигелерин бириктириў тапсырылды.
ӨзА