Нөкистеги светофорлардың ислеў тәртиби өзгерди

Кейинги ўақытларда Нөкис қаласында тийкарғы кесилиспелерде светофорлардың ислеў тәртибине өзгерислер киргизилди. Атап айтқанда «Билимлилер» ҳәм «Хожели гүзары», «Шымбай гүзары» ҳәм «Мәтеке Жуманазаров», «Аллаяр Досназаров» көшеси ҳәм «Беруний» кесилиспелериндеги светофорлардың ислеў тәртибине өзгерислер киргизилди.
Бүгинги күнде Аллаяр Досназаров көшесиниң Темир жол вокзалы тәрепинен ҳәрекетленетуғын бөлегиндеги қосымша тармақ светофор секциясы алып тасланды ҳәм оған өз алдына ислеў тәртиби берилди.
Сондай-ақ, бундай жумыслар еле пайтахтымыздағы «Ерназар Алакөз», «Мәтеке Жуманазаров», «Өзбекстан шах» гүзары ҳәм «Қарақалпақстан» көшесиндеги кесилиспелеринде де қосымша өзгерислер киргизиледи.
«Ҳүрметли транспорт қуралы басқарыўшылары! Сизлерден жоқарыдағы киргизилген өзгерислерге әмел етиўиңизди, жол ҳәрекети қағыйдаларына, светофорлардың ислеў тәртибине қатаң түрде бойсыныўыңызды сораймыз» – дейди, ҚР ИИМ ЖҚХ ЖҲҚБ бөлим баслығы Р.Машарипов.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы