Социаллық хызметлердиң абзаллықлары бойынша түсиниклер берилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халыққа социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда «Инсан» социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестирилген еди.
Беруний районында халықтың социаллық машқалаларын шешиў, оларға жәрдем бериў, мүрәжатлериниң тез пурсатта шешилиўин тәмийинлеў мақсетинде ашылған орай бүгин өзиниң жумысын жедел алып бармақта.
Бөлим тәрепинен көшпели қабыллаўлар өткерилип келинбекте.
Гезектеги көшпели қабыллаў Саркоп аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм Палваш мәҳәллеси халқы менен өткерилди, дейди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.
Қабыллаў даўамында балалар напақасын тайынлаў, сондай-ақ, «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорынан көрсетилетуғын жәрдемлер бойынша түсиниклер берилди.

Пуқаралар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги