Орайдың жаңа режелери таныстырылды

229

Алдын хабар бергенимиздей, Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров басқарманың сектор баслықлары менен бирге орынларға шыққан ҳалда «Инсан» социаллық хызметлер орайларының жумысы, 2025-жылы әмелге асырылатуғын жумыслары менен таныспақта.

Бул ретки усындай илаж Тахтакөпир районында өткерилди. Онда райондағы «Оразбай ата мед клиника» жеке меншик клиникасында «үйде» ҳәм күндизги қатнаў» хызметлерин жолға қойыў нийетин билдирген исбилермен ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги тәрбия хызметин шөлкемлестириў нийетин билдирген «Бахбергенова Бағыла» жеке меншик балалар бақшасы ийеси менен ушырасып, усынысларын тыңлады. Сондай-ақ, спорт мектебинде шөлкемлестирилген адаптив спорт пенен шуғылланыў ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Соң Басқарма баслығы орынбасары Т. Аминов Тахтакөпир районы мәҳәллелеринде жумыс ислеп киятырған социаллық хызметкерлер менен ушырасты. Ушырасыў даўамында орайдың сектор баслықлары «Инсан» орайының 2025-жылға белгиленген режелери менен таныстырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги