Акция шеңбериндеги бийғәрез жәрдемлер

196

Бүгинги күнде аймақлардағы көп квартиралы турақ жайлар ҳәм  жеке тәртиптеги турақ жайларды ысытыўда тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ, қатты жанылғы ямаса нефть өнимлеринен пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары ушыраспақта. Ақыбетинде пуқаралардың шаңарақларында өрт келип шығыўы ямаса  зәҳәрли газ ийсинен зәҳәрлениў жағдайлары жүз берип, инсанлардың өмири ҳәм денсаўлығына үлкен зыян жеткерилмекте.

Мағлыўматларға қарағанда, 2024-жылдың январь-декабрь айларында аймақларда зәҳәрли  газ ийисинен  91 пуқара қайтыс болғаны, 43 и зәҳәрленгени ҳәм 15 и жарақатланғаны мәлим болды. Бундай жағдайлар усы жылы да ушыраспақта.

Зәҳәрли газ ийсинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў ушын ысытыў системаларын турақлы тексерип, оңлап барыў, альтернатив шешимлерден пайдаланыў, зәҳәрли газ ийсиниң  қәўиплилиги ҳәм оннан сақланыў бойынша халық арасында үгит-нәсият жумысларын және де кеңнен алып барыў мақсетинде Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының басламасы менен “Инсан өмири – бийбаҳа байлық, ол ҳәмме нәрседен үстин” принципи тийкарында усы жылдың январь-март айларында “Абайлы болың – зәҳәрли газ ийси” акциясын өткериў режелестирилген.

Соған тийкарланып, ӨзЛиДеП жуўапкер шөлкемлер, партия белсендилери, жергиликли кеңес депутатлары ҳәм қәўендерлер менен биргеликте “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не киргизилген пуқаралардың шаңарақларына зәҳәрли газ ийсин анықлайтуғын үскенелерди бийғәрез орнатып бермекте.

Акция шеңбериндеги гезектеги илаж Нөкис қаласы, “Алланияз Қаҳарман,” “Жас әўлад” ҳәм “Қумбыз аўыл” мәҳәллелеринде болып өтти.

Илажда халықтың үйлеринде ысытыў системаларын турақлы тексериў ҳәм оңлап барыў, қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиў, зәҳәрли газ ийсиниң  қәўиплилиги ҳәм оннан сақланыў бойынша қәнигелер тәрепинен ҳәр тәреплеме түсиниклер берилди.

Сол күнниң өзинде мәҳәлледеги кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың үйлерине партия басламасы ҳәм бийғәрез жәрдем сыпатында зәҳәрли газ ийсин анықлайтуғын үскенелер орнатып берилди. Илажда зәҳәр газ ийси шыққан жағдайда ескертиўши үскенелерди орнатыў, бул үскенениң абзаллықлары, оннан пайдаланыў қағыйдалары түсиндирилди.

Партияның бул басламасын халық ўәкиллери үлкен қуўаныш пенен қабыл етпекте, өзлериниң миннетдаршылығын билдирип өтпекте.

Бул акция шеңбериндеги илажлар республика бойлап системалы түрде шөлкемлестирилип барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги