Бүгин дүньяда климат өзгерислериниң унамсыз ақыбетлери айқын сезилмекте. Экологиялық унымсыз ақыбетлердиң алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша мәмлекетимизде экологиялық таза экономикаға өтиў ушын кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Кейинги үш жылда орынларда 3,5 гигаваттлы 16 ири қуяш ҳәм самал электр станциялары иске қосылды, 35 киши ГЕС қурылды. Санаатта “жасыл энергия” сертификаты системасы енгизилди. Қуяш панеллери орнатқан хожалықлар 60 мыңнан асты.
“Жасыл” экономикаға өтиў ҳәм “жасыл” өсиў мәселелери бүгинги күндеги жәҳән экономикасы күн тәртибиндеги ең әҳмийетли ўазыйпалардан болып, Өзбекстанда да бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында “Жасыл экономика: турақлы раўажланыўға қарай” атамасындағы ашық сәўбетлесиўде усы мәселелер атап өтилди.
Сәўбетлесиў даўамында 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында “жасыл” экономикаға өтиў ҳәм “жасыл” өсиўди тәмийинлеў бағдарламасы, “Жасыл раўажланыў”дың драйвери бола алатуғын энергетика, илим ҳәм инновациялар, туризм сыяқлы тараўлар, альтернатив энергия дәреклери менен ислесиў, қуяш ямаса басқа түрдеги қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен нәтийжели пайдаланыў мәселелери де додаланды.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында қоршаған орталықты қорғаўға өз үлесин қосып атырған, шығындыларды қайта ислеп, оннан дәрамат алып атырған исбилерменлердиң тәжирийбелери үйренилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги