Нөкис қаласындағы 46-санлы улыўма билим бериў мектебинде алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық илажлар шеңберинде оқыўшы-қызлар ушын ушырасыў шөлкемлестирилди.
Оған Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Д.Кутлымуратова, Саламатлық ҳәм стратегиялық раўажланыў институты Нөкис қалалық бөлиминиң шыпакери Т.Ғаниева, “Инсан” Орайының психолог топары психологи Е.Суллетбаева ҳәм басқа да тараў қәнигелери қатнасты.
Ушырасыўда елимизде ҳаял-қызларға болған итибар, жаратылып атырған шараятлар, мүмкиншиликлер, жеңилликлер, жаслар арасында ерте турмыс қурыў, жақын ағайинлер арасында некениң ҳәм өз жанына қастыянлық етиў жағдайларының алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, қатнасыўшыларға ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қысқаша мазмуны туўралы мағлыўматлар берилди.
Оқыўшы-қызлар менен пикир алысып, усыныслар ҳәм машқалалары тыңланды. Мектеп оқыўшыларының айтқан пикирлери менен усыныслары итибарға алынды.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Мадина Жумабаева,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика
факультетиниң 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.