Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир әҳмийетли пәрманы қабыл етилди.
Усы жыл 27-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеў ушын жаңа имканиятлар жаратыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы ушын арнаўлы қабыл етилген усы пәрманда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қанлыкөл районында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Оған район ҳәкимлиги, Саўда-санаат палатасы, Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги ҳәм басқа да тийисли шөлкемлердиң қәнигелери, райондағы фермер хожалықларының басшылары ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Ушырасыўда усы пәрман тийкарында исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаў, санаат тармақлары, аўыл хожалығы, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў, сол тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша шараятларға кеңнен тоқтап өтилди.
Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, алдағы ислениўи тийис илажлар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги