Әдиллик-өмир китабының мазмуны

Дүнья әзелден усылай жаратылған. Салыстырып, өлшестирип қаралса, ҳақыйқатлық пенен наҳақлық, дослық пенен душпанлық, жақсылық пенен жаманлық бәрҳама арпалыслы гүресте жасап киятырғандай. Ҳақыйқатында да тап сондай. Олар мисли тәрезиниң еки пәллесинде биринен-бири басым болғысы келеди. Лекин, қандай заманда, қандай жағдайда да сол тәрези пәллесиниң жақсылық тәрепи тас басып, елдиң-халықтың тутқан туўры жолынан аўытқымай даўам етиўин тәмийинлейди.

Тәрезиге тартыў турмысымыздың барлық тараўларына тән болып, туўрылыққа бағдар берип барады. Дүньяда оның түрлери көп, олардың көзге көринбейтуғынлары да бар. Мәселен, ҳәр кимниң кеўил тәрезиси, яки болмаса нызамшылықтағы әдиллик тәрезилери. Бул тәрезилер ҳәр бир тең ҳуқықлы инсан, қайсы бир жәмийет ушын да ҳаўа менен суўдай зәрүр.

Бес бармақ бирдей емес. «Ҳәмме сениң менен мендей болғанда бул қалаға дәрўазаның не кереги бар»,-деп айтылғанындай, мақаламызға арқаў етип алынған тема ямаса атама дөгерегинде сөз етер екенбиз, биз тартынбай, ҳеш екиленбей көпшилик қалың журтшылыққа көз-көз етип атырған заманласларымыздың ҳақыйқый ҳақ-ҳуқық, нызамшылық, әдиллик жыршысы болыўдай ийгиликли ислерди әмелге асырғанын ҳүрмет пенен тилге алып, қағазға түсирип, қәлем сүриў ҳәрекетиндемиз.

…Ҳулкар Россияда бир қанша ўақыт жумыс ислеп, ойлаған нийетлерине жетерликтей дәрамат топлаған соң, туўылған аўылына жақында ғана қайтып келгени еди(исми өзгертип алынды). Сол жақта бирге ислеген таныс жигит: «пулларыңды сумға алмастырып беремен»,-деп оны Хазарасп базарына шақырады. Әжағасынан руқсат алып кеткен ол сол күни үйине қайтып келмейди. Еки күн, үш күн өтип атыр, қыздан еле дәрек жоқ. Әжағасының тақаты тақ болып, ишки ислер бөлимине мүрәжат етсе: «жас емес, өзине-өзи жуўап бере алатуғын дәрежеде, бәлким таныс-билислериниң үйлеринде иркилип қалып атырған шығар»,-деп алдарқатып, бул мәселеге оншелли итибар бермеген соң, сол районның прокурорына мүрәжат етеди.  Кәсибине шын жүрегинен берилген бул адам оннан ким жәрдем сорап келсе де, ҳәм инсаныйлық, ҳәм ҳуқық қорғаўшылық миннетин булжытпай орынлаўды кенде етпейтуғын, әдилликте қылды қақ айыратуғын ҳақыйқый ҳақ-ҳуқық жыршысы  болды.

Ҳулкардың әжағасының берген мүрәжатына тийкарланып, сол жигитти излеп таўып, оннан: «Ҳулкарды таныйсаң ба, Ҳазарасп базарында ушырастыңыз ба?-деп сорағанда, ол: «аўа таныйман, көрисип, пулларын алмастырып бердим. Ол таксиге отырып басқа тәрепке кетти. Мен сол жерден бир қызыл «тико»ны тоқтатып, аўылыма такси менен қайттым»-деп жуўап береди.

Прокурордың алдында аўыр жол, көплеген саўаллар күтип турар, шешилиўи қыйын нешше-нешше шийе түйинлер бар еди. Келептиң ушын қайдан излеў керек? Бундай гезде ҳәр қыйлы вариантларды блокнотқа «түртип» қойып, күни-түни жатса-турса «мий»и тек сол вариантлар менен жумыс ислейди. «А» вариант – қыз басқа такси менен белгисиз тәрепке кеткен, «б» вариант – жигит қызыл «тико»да үйине қайтқан, бирақ қызды ең соңғы көрген адам сол, «в» вариант –  қыздың дерегин барыўы мүмкин болған барлық «точка»лардан сорастырыў, «с» вариант – ….

Келиң, жынаятты ашпай турып, мақаламыз қаҳарманы – елимизге белгили әжайып инсан, «Дослық» ордениниң ийеси, «Өзбекстан Республикасы Прокуратурасының әдиўли хызметкери», Өзбекстан Республикасы 1-дәрежели «Мийнет ветераны» көкирек белгисиниң ийеси, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист», прокуратура, суд-ҳуқық тараўындағы көплеп хызметкерлердиң устазы, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының Ветеранлар кеңесиниң баслығы болып ислеп атырған Жийенбай Нарымбетовтың өмир китабының айырым бетлерин бирге парақлап көрейик.

Өмирде көп қыйыншылық көрген адам – соңғылығында көплеп жетискенликлерге ериседи. Өйткени, ашшыны көп татқан – душшының қәдирин биледи. Қыйыншылық ҳәм жетиспеўшиликке ушыраған сондай ўақытта қасыңда еки достың болыўы керек дейди. Олардың биреўи – сабырлылық, ал, екиншиси-шүкиршилик …

Жийенбай аға Нарымбетов Шоманай районындағы «Сарманбайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында (бурынғы А. Муўсаев атындағы совхоз) туўылған. Оның балалығы урыс жылларынан кейинги дәўирде өткен. Ашаршылық, сол заманлардағы қатаң тутым, урыстағы шығынлар, оның орнын толтырыў ушын пүткил халықлық атланыс жылларында булардың үйи де жетиспеўшиликтен қыйналып, анасы ҳәм әжағасы Хорезм менен көп қатары турмыстың аўыр арбасын тартыўға мәжбүр болған. «Жер төледе, ортасына пеш салынған бир бөлме есабындағы жайда үшеўимиз жасағанбыз. Қыстың күнлери қақаман суўықтан тоңлап қалмаўы ушын пештиң екинши тәрепинде қозы-ылақларды сақладық»,-деген сөзлерге ҳәзирги әўладтың исениўи қыйын. Бирақ, бул сол замандағы турмыс шынлығы еди. Анасы бәрқулла пахта атызында. Ол дәўирдеги балалардың балалығы дерлик болмаған есабы, ата-анасына қол-көмеклерин бериў менен өтеди. Усындай күнлердиң биринде ол аўылында «табельщи» болып ислейтуғын Әбдиўәлий деген кисиниң үйине суў тасып, жәрдемлесип жүреди. Ешекке артылған суўды үйдиң ийеси шығып өзи түсирип алар деп күткен менен иштен ҳеш ким шыға қоймаған соң, бири-бирине қосып гүрмек шалып байланған арқанды өзи-ақ шешип жиберип түсирип аламан дегенинде фляктиң биреўи жалаң аяғына түсип, бас бармағын кесип кетеди. Жети жасар баланың не жаны бар, шырқырап жылап атырғанын еситкен үйдиң ийеси жуўырып шығып, ағып атырған қанды тоқтатаман деп үстине насыбай қуяды. Бала есинен танып қалады. Оны үйине  алып барып жатқарып кетеди. Анасы кеште пахтадан келип қараса баласының бир аўҳалда жатырғанын көрип не ислерин билмей, аўылындағы бир ғана шыпакер Нуғман фельдшерге алып барыўдың да илажын таппай, насыбайды жуўып, қамыр жағып сыртынан шүберек пенен таңып таслайды. Ертеңине азанда сол ҳалына мектепке бараман деп шыттан тигилген папкасын асынып шыққанында анасы оны ешекке миндирип жибереди. Көлигинен түсип класына еңбеклеп барғандай зорға жетеди. Сонда оның бул жағдайын көрген устазы Генжебай Келимбетов: «Ҳаў саған не болды?»-деп сорайды. Болған ўақыяны еситкен муғаллими велосипедине мингестирип оны дәрҳал аўыллық медпунктке алып барады. Шыпакер оның аяғын қайтадан дезинфекция ислеп, дәрисин жағып таңып жибереди. Сол жыллардағы бул бир ғана ўақыя, ал оған өмири даўамында тәғдирдиң буннан басқа да жоллаған сынақларын санап ушлығына шығып болмастай.

Бирақ ол сондай аўыр өткен жылларда да мектепке, билим алыўға жүдә ықласлы, сабақларын айрықша баҳаларға оқып, қатарының алды болды.

Бир күни балалар қашарман топ ойнап атырғанында устазы Генжебай аға көрип қалып: «Нарымбетов пенен Сағындықовтан басқаңыз үйиңизге барып сабағыңызды таярлаң»,-дейди. «Болар бала бес жасынан белгили»,-дегениндей, классласы Жубатқан Сағындықов пенен екеўиниң келешекте белгили инсанлар болып жетилисетуғынын көреген устаз сол гезлери-ақ байқаған екен…

Дүнья – мисли бир  қазан,  онда  өмир  қайнайды.  Тәғдир  жолларында  гезлескен  не  түрли  сынақлар,  тәшўишлер, тубалаўлар,  қыйын-қыстаў менен  арпалысып, тоқтап қалмай алға, бахытқа, арзыў-үмитлерге,  келешекке  қарай  талпынасаң. Ең әҳмийетлиси жақсы  нийетлер  менен  бахытлы өмир  сүриўдиң  ҳәрекетинде изленисте болыў. Өйткени ҳақ  жүректен  қылынған тилек ҳәм умтылыслар қашанлардур  әлбетте, орынланады…

Шоманайдың «Фрунзе» деген жерине көшип барғаннан кейин анасына қол-көмегин тийгизиў мақсетинде пахтакешлерге шай қайнатып хызмет етип «Жийенбай шайшы» болып жүрген күнлериниң бири. Сол ўақыттағы тәртип бойынша пахтаның зыянкеслерин жоқ етиў ушын самолёт пенен пахта отап атырған адамлардың үстине дәри сеўип өтип атыр. 5-класс болса да, адамлардың зәҳәрленип атырғанын, инсан пахтадан қәдирсизирек екенлигин аңлап, бул әдалатсызлыққа шыдамаған өспирим қолына кесек алып самолётқа қарай ылақтырады. Инсанлардың ҳуқықын қорғаўға, ҳақыйқатлыққа деген сезимлер оның көкирегинде сол ўақытларда-ақ оянған ҳәм қәлиплескени, келешегине өзи билмеген ҳалда жол салынған екен…

Мектепти питкергеннен кейин армия қатарында болғаны, Ташкент мәмлекетлик университетиниң юридика факультетинде оқығаны, оқыўды табыслы тамамлап, дәслепки мийнет жолын баслаўы, прокуратура тараўында басқышпа-басқыш ҳәр қыйлы мәкемелерде жумыс ислегени, алдаўшылық, басқыншылық, урлық, адам өлтириўшиликке шекемги жынаятларды ашыўда мол тәжирийбе топлағаны, қулласы бәри-бәрин кеңирек, тереңирек, қулаш жайыңқырап жазыў ушын А-2 форматтағы газетаның бир емес, бир неше бетлери талап етиледи.

Мақаламыздың басында айтылған Ҳулкардиң өмириндеги болған жағдай – Хорезм ўәлаятында прокурор болып ислеп жүрген гезиндеги реал ўақыя. Және изге қайтатуғын болсақ, келептиң бир ушы қолында, яғный пул алмастырған жигит ең соңғы көрген гүўа. Қыздың әжағасы мүрәжат еткени менен оған тиккелей қыздың бийдәрек жоғалып кетиўи бойынша айып қоя алмай, нызамсыз валюта алмастырыў айыбы менен жынаят иси қозғатылып, сол тийкарда сорастырыў жумысларын баслап жибереди.  Оннан көрген-билген барлық ўақыяны ийнесинен-сабағына шекем қалдырмай жаздырып алғаннан соң, жигиттиң ҳаялынан да «допрос» алынады. Оннан күйеўиң қашан келди, қандай машын менен келди деп сорағанда ол: «Саат төртлерде сары «Москвич» пенен келди»,-деп жуўап береди. Жигиттиң өзи қызыл «Тико» дегени менен ҳаялының көрсетпеси екеўи еки түрли болып, бул үлкен дәлийл еди. Жийенбай аға үлкен тәжирийбе ийеси болып, бул жынаятты ашыўда сол искерлиги менен нәтийжеге ерисе алды. Ҳақыйқатында жигит жорасының сары «Москвич»и менен қызды апарып таслаймыз деп мингизип, алдынғы орынлықта бийғам отырған қыздың қалғып-көзи илинип кеткен пайтынан пайдаланып, мойнына жип салып, оны қылғындырып өлтиргенлигин, кейин марҳумның денесин Әмиўдәрьяның жағасына апарып көмгенлигин тән алады…

Усындай жынаятларды ашыў барысында бириншиден тергеў ўақтындағы сезгирлик, тапқырлық, ўақыя избе-излигиндеги дурыс болжам, сабыр-тақатлылық пенен ақыл-безбен тәрезисине салып ҳәрекет етиў жеңиске еристирсе, екиншиден жынаятшының өз ҳүжданы менен тән алыўы үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, көпшиликте: «тергеў изоляторында айыпты ҳәр қыйлы жоллар менен мойнына алдырады»,-деген пикир орналасып қалған.

Әййемги грек әпсанасында ҳуқық ҳәм нызамды қорғаўшы әдиллик қудайы Фемида көзи байланған ҳалда бир қолына қылыш, екинши қолына тәрези услап тур. Бул прокуратура, суд-ҳуқық тараўының бирден бир символы деп тән алынып, инсанлардың тәғдирине жынаятшы деп ҳүким шығарыўдан алдын, ҳақыйқатында да ол адам жынаятшы ма ямаса наҳақ жала жабылып атыр ма, сол жақларына ҳадаллық пенен карап, нызам ҳүжжетлериндеги статьяларды дурыс қоллана отырып, әдиллик тәрезисине дурыс тартыўы кереклигин түсинемиз.

Мақаламыз қаҳарманын таныстырыўдан мақсетимиз бул тараўда өзиниң инсаныйлық пазыйлети, кәсибинде өз позициясына ийе болған, ең тийкарғысы ҳадалый ислери менен халықтың нәзеринде, әдиллик тәрезисинде тасы басым келип, ҳүрмет-иззетке бөленген тараў пидайысы болғанлығын өрнек етип көрсетиўден ибарат еди.

Ҳәзирети Нуў алайҳиссалам ҳаққындағы рәўиятта, мың жылға шамалас өмир сүрип, ўақты-сааты питип, деми таўсылар гезде оннан: «Эй уллы зат, сонша узақ өмир сүрдиңиз, сиз дүньяны қалай түсиндиңиз?»-деп соралған. Сонда ол: «Дүнья- бир ҳәўлиниң еки есиги болып, олардың биринен кирип, екиншисинен шығып кеттим»,-деген екен.

Демек, қанша жасасақ та бул өмир оғада қысқа, биз изимизде өзимизден кейинги әўладлар айта жүргендей ибратлы ислер, жақсы ат қалдырыў мақсети менен жасасақ ғана ҳақыйқый әдиллик тәрезиманы қаҳарманымыз сыяқлы жоқары мәртебелерге ерисип, орнымыз төрден, аты-жөнимиз тиллерде, ҳүрмет-иззетке миясар боламыз. Өйткени, бизиң халқымыз өзиниң сондай әжайып перзентлерин бәрқулла әдиўлеп-ардақлайды.

…Бир күн, еки күн, бир-еки ай, бир-еки жыл емес, өмири бойы қыран қустай сергек ҳәм қырағы, ҳәр күн, ҳәр мәўритинде ҳәр қандай жағдайларға таяр ҳәм оны шешиўде талап етилетуғын ҳақыйқый инсаныйлық, билимлиликке сүйенген ҳалда бәрҳама таққа турып хызмет етиў. Биз «қамыр ушынан пәтир»,-дегендей ҳуқық қорғаў пидайысы Жийенбай Нарымбетовтың кәсиплик жолына азғана нәзер таслап, бираз илгериде  ашылған бир ғана жынаят эпизодын келтирип өттик. Ҳәр бир адамның өмиринде бир китапқа тартарлықтай ўақыялар бар дейтуғын болсақ, бизиң мақаламыз қаҳарманының жасап, мийнет етип, жүрип өткен өмир жолы да оғада қызықлы, терең мазмунлы дәстанға барабар.

                             Қундыз Жумағалиева, журналист.

                                           Қарақалпақстан хабар агентлиги