Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Педагогикалық билим бериўдиң сапасын арттырыў ҳәм педагог кадрларды таярлайтуғын жоқары оқыў орынларының жумысын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим кафедрасы тәрепинен «Баслаўыш классларда билимлендириўдиң сапасын арттырыўдың әҳмийетли машқалалары» атамасындағы семинар-каучинг болып өтти.
Өткерилген илажда кафедра баслығы, профессор З.Қурбаниязова шығып сөйлеп, семинар-каучингти өткериўдиң баслы мақсети ҳаққында айтып өтти, дейди НМПИ баспасөз хызмети баслығы И.Мәтеков.
Онда кафедра профессоры ўазыйпасын атқарыўшысы Г.Қәллибекова «Баслаўыш класслар ушын оқыў-методикалық базаны беккемлеў машқалалары: инвестиция ҳәм экспорт» темасында баянат жасады.
Сондай-ақ, кафедра доценти С.Тажбенова «Өзбекстан Республикасы «Халық билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы» ҳәм «Жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы» тийкарында билимлендириўди қаржыландырыў машқалалары» темалары бойынша өзиниң баянаты менен қатнасты.
Илаж көтерилген мәселелер дөгерегиндеги пикир алысыўлар менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги