Футболшыларымыз Азия чемпионлығы ушын беллеседи
179

Усы күнлери Бангладеш пайтахты Дакка қаласында ампутантлар арасында Азия чемпионаты болып өтпекте.
Чемпионатқа Өзбекстан сайланды командасы да табыслы қатнаспақта. Атап айтқанда, командамыз ағзалары ярым финалға шекем жетип келип, бүгин Ирак сайланды командасын 3:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Ертең чемпионаттың финал ойыны өткерилип, онда екинши ярым финал қатнасыўшылары Индонезия ҳәм Непал ойынының жеңимпазына қарсы беллеседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы