Абдуқодир Ҳусанов «Реал»ға қарсы ушырасыўда тийкарғы қурамда майданға түсе ме?

116

Футбол бойынша УЕФА Чемпионлар Лигасы плей-офф басқышынан орын алған «Реал», «Манчестер Сити» арасындағы ойын бүгин, 11-февраль күни болып өтеди.

Бир неше белгили футбол сайтлары бул ойында Гвардиола қайсы футболшыларды дәслепки минутлардан майданға түсириўи мүмкин екенин шамалаған.

Мәселен, 90min басылымы бул «Манчестер Сити» ушырасыўда төмендеги қурам ҳәм схемада ойнаўы мүмкин, деп есапламақта:

«Реал Мадрид»ке қарсы «Манчестер Сити»диң қурамы (4-2-3-1):

Эдерсон; Аканжи, Стоунс, Диас, Гвардиол; Бернардо, Ковачич; Фоден, Де Брюйне, Савинё; Ҳоланд.

Sportingnews баслымының шамалаўынша, усы қорғаўшылар клуб қурамында дәслепки минутлардан ҳәрекет етеди.

Эдерсон (дәрўазаман) — Аканжи, Стонес, Диас, Гвардиол — Силва, Гонсалес — Фоден, Де Бруйне, Грилиш — Ҳоланд.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанлы қорғаўшы Абдуқодир Ҳусанов қурамнан орын алған. Ушырасыў бүгин, 11-февраль күни түнги саат 1:00 де басланады.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги