Наўайының мәңгилик дөретиўшилик мийрасы пүткил дүньяда үйренилмекте

Әлийшер Наўайының 584 жыллығы
8-9-февраль күнлери Наўайы ўәлаятында «Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы» темасында IV халықаралық симпозиум болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы 2024-жыл 31-октябрь -1 ноябрь күнлери ўәлаятқа сапары даўмаында уллы бабамыздың аты менен аталатуғын Наўайы ўәлаяты руўхый тәрбияны, ағартыўшылықты жоқарылатыў жолында ҳәммеге өрнек болыўы керек екенлигин атап өтип, 2025-жылды ўәлаятта «Әлийшер Наўайы жылы» деп жәриялаўды усыныс еткен еди.
Президентимиздиң «Уллы шайыр ҳәм ойшыл Мир Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасын елимиз ҳәм дүнья көлеминде кеңнен енгизиў ҳәм Наўайы ўәлаятында «Әлийшер Наўайы жылы»н жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Әлийшер Наўайының дөретиўлилик мийрасын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм Наўайы ўәлаятында «Әлийшер Наўайы жылы»н жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
Енди Әлийшер Наўайының мийрасын үйрениў жумысларын жоқары басқышқа көтериў мақсетинде мәмлекетимизде ҳәм сырт еллерде системалы тийкарда илимий излениўлер алып барылып, олардың нәтийжелери жәрияланады. Бул темада жаңа илимий, көркем өнер ҳәм ғалабалық шығармалар дөретилип, сырт елдеги наўайытаныўшы илимпаз ҳәм дөретиўшилердиң шығармалары өзбек тилинде басып шығарылады.
Сондай-ақ, Наўайы мәмлекетлик университетинде 2025-жыл 10-15-октябрь күнлери «Әлийшер Наўайы илимий-әдебий мийрасының улыўма инсанияттың руўхый ҳәм ағартыўшылық раўажланыўындағы орны» темасында халықаралық илимий конференция, «Ҳәзирети Наўайыны аңлаў – өзлигимизди аңлаў» темасында республикалық таңлаў, билимлендириў шөлкемлери ҳәм мәҳәллелерде «Наўайыханлық кешелери» шөлкемлестириледи.
Ғаззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылған күниниң 584 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бул симпозиумда Бельгия, АҚШ, Венгрия, Пакистан, Тәжикстан сыяқлы дүньяның 20 ға шамалас мәмлекетинен келген наўайытаныўшы илимпазлар ҳәм республикамыздың барлық аймақларынан белгили профессор-оқытыўшылар, дөретиўши зыялылар, мәнаўият тараўының пидайлары қатнасты.
Әнжуманның жалпы мәжилиси алдында Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи Хайриддин Султонов мәмлекетимиз басшысының симпозиум қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Президенттиң қутлықлаўында атап өтилгениндей, «Бул классикалық тулға дүнья әдебияты нормаларына, заман ҳәм тарийх сынақларына толық жуўап беретуғын дүрдана шығармалар дөретип, тек өзбек емес, ал барлық түркий әдебиятлардың раўажланыўына шексиз үлес қосқаны да жоқары мақтаўға мүнәсип болып есапланады.
… Әсиресе, ойшыл ата-бабамыздың түрли халықлар арасында тынышлық ҳәм дослықты беккемлеў, адамзаттың жарқын келешегин биргеликте қурыўға шақыратуғын идея ҳәм көзқарасларының әҳмийети ҳәзирги қәўетерли дәўирде барған сайын артып бармақта.
Бүгинги күнде биз Жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессансты қурыў процесслеринде Әлийшер Наўайының шығармаларын өзимиз ушын таўсылмас күш-ғайрат ҳәм илҳам дереги деп билемиз. Сонлықтан бул сийрек ушырасатуғын байлықты терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бәрқулла итибарымыз орайында болады».
Илажда шығып сөйлегенлер ҳәзирги глобалласыў дәўиринде руўхый раўажланыўға ерисиў, ата-бабаларымыз жаратқан бийтәкирар илимий-дөретиўшилик мийрасты терең үйрениў оны халқымыз, әсиресе, жаслардың санасына сиңдириў үлкен әҳмийетке ийе екенлигине айрықша тоқтап өтти.



– Шайыр аты менен аталатуғын Наўайы ўәлаятында бундай ири әнжуманның өткерилиўи уллы сөз шеберине болған шексиз ҳүрметтиң көринис болып есапланады, – дейди наўайытаныўшы илимпаз, Әзербайжан Миллий илимлер академиясы Низамий Ганжаўий атындағы Әдебият институты Әзербайжан – Азия әдебий қатнасықлар бөлими баслығы Бедирҳан Аҳмедли. – Бул уллы инсанның шығармалары Әзербайжан шайырлары ушын да илҳам дереги болып келген. Бизиң елде жасап дөретиўшилик еткен бир қатар шайырлардың дөретиўшилигинде уллы ойшылдың үлкен тәсирин сезиў қыйын емес. Бизде оның шығармалары аўдарма исленип, сүйсинип оқылады. Бүгинги илажда «Әлийшер Наўайының дөретиўшилиги заманагөй Әзербайжан әдебияттаныўшылығы контекстинде» атамалы баянатым менен қатнасқанман.
Әлбетте, Наўайының дөретиўшилигин үйрениў ҳәм оны үгит-нәсиятлаў бүгин ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе. Уллы ойшылдың шығармалары түрли тиллерге толық аўдарылмақта.
Илажда АҚШтың Принстон университетиниң профессоры Саид Ризо Ҳусейний Балхий ҳәм Анкара қаласындағы Бошкент университетиниң профессоры Абдураҳмон Гузел «Наўайы қаласының ҳүрметли пуқарасы» деп танылған болса, Әлийшер Наўайы мийрасын халықаралық көлемде белсене үгит-нәсиятлап атырған әзербайжанлы Бедирҳан Аҳмедли ҳәм тажикстанлы Бадриддин Мақсудзадаға «Маънавият фидойиси» көкирек белгиси тапсырылды. Сондай-ақ, бир топар дөретиўшилер Жазыўшылар аўқамының ағзалығына қабыл етилди.
– Наўайы қаласына биринши мәрте келиўим. Қаланың гөззалығы ҳәм адамларының миймандослығы маған оғада унады, – дейди Саид Ризо Ҳусейиний Балхий. – Ҳәзир АҚШтың Принстон университетинде сабақ беремен ҳәм изертлеўлер менен шуғылланаман. Уллы жипек жолының адамзат цивилизациясындағы әҳмийети бағдарында изертлеў алып бармақтаман. Бул аймақ Уллы жипек жолы орайында жайласқан. Әлийшер Наўайы атамасы менен байланыслы әнжуманның да, әне, усы жерде шөлкемлестирилиўинде символикалық мәни бар. Бул жерде көрген ҳәм еситкенлеримниң изертлеўлериме пайдасы тийеди, деп ойлайман.
Симпозиум шеңбериндеги илажлардың тийкарғы бөлеги Наўайы мәмлекетлик университетинде болып өтти.
Дәслеп халықаралық симпозиум шеңберинде университет галереясында Әлийшер Наўайы тулғасы ҳәм дөретиўшилигине бағышланған көргизбе ашылды.
Галереяда университеттиң көркем өнер тараўындағы дөретиўши оқытыўшы ҳәм студентлери тәрепинен жаратылған 100 ден аслам көркем шығармалары көрсетилмекте. Наўайы шығармаларында болған жақсы идеяларды және де тереңирек аңлаўға хызмет ететуғын көркем экспозиция бир ай даўам етеди.
Күнниң екинши ярымында симпозиум қатнасыўшылары топарларға бөлинген ҳалда илажларда қатнасты.
Университетте 6 секторға бөлинген илимпазлар уллы ойшылдың дөретиўшилигин үйрениўде ерисилген жетискенликлер ҳәм шешимин күтип атырған мәселелер бойынша өз-ара пикир алысты. Соның ишинде, сөйлесиўлерде «Дүнья наўайытаныўшылығы: кеше, бүгин, ертең», «Шығыс Ренессансы: илим, әдебият ҳәм мәденият», «Әлийшер Наўайы ҳәм дүнья тилтаныўшылығы», «Әлийшер Наўайы ҳәм әдебий тәсир мәселелери», «Әлийшер Наўайы : әдебият, руўхыйлық ҳәм шығыс ақыл-ойының мәңгилик булағы» «Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасы: илим, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бирлиги» темаларында сөз болды.
– Наўайы атамасы менен аталатуғын қалада халықаралық конференция өткерилип атырғаны шайырдың атына билдирген ҳүрметтиң үлгиси болып есапланады, – дейди түркиялы наўайытаныўшы илимпаз Вахит Түрк. – Түркияда Наўайының шығармаларына айрықша итибар менен қаралып, түрк тилине аўдарылған ҳәм исленбекте. Мениң өзим да оның 12 шығармасын үйренип, аўдарма иследим. Жасларымыз де Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилигин кеңнген үйрениўге қызықпақта. Наўайы пүткил түрк халқының полюс жулдызы. Бүгинги илажда «Әлийшер Наўайы кеўил шайыры» темасында баянат оқыдым.
«Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы» дәстүрий халықаралық симпозиумында жоқары билимлендириў мәселелеринде дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыў мақсетинде Иран Ислам Республикасы Имам Хумайний атындағы халықаралық университети ҳәм Наўайы мәмлекетлик университети арасында меморандумға қол қойылды.
Симпозиум даўамында белгили илимпазлар, дөретиўшилер наўайықумарлық, әдебият ҳәм китапқумарлық кешелеринде қатнасты.
Соның ишинде, «НКМК тарийхы» музейинде, Наўайы қаласындағы 22-улыўма билимлендириў мектебинде, Кармана, Нәўбәҳәр ҳәм Нурата районларындағы мәденият орайларында Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилик жолына бағышланған дөгерек сәўбети ҳәм дөретиўшилик кешелер шөлкемлестирилди.
– Дүнья илиминиң раўажланыўына шексиз үлес қосқан еки Ренессанс дәўиринде елимизден шыққан илимпаз ҳәм ойшыллардың илимий шығармалары, әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен жаратылған бийтәкирар дөретиўшилик үлгилери дизиминиң өзи бир неше томлық китапты қурайтуғыны, әйне, ҳақыйқат болып есапланады., – дейди Әлийшер Наўайы атындағы Халықаралық жәмийетлик фондының атқарыўшы директоры Олимжон Давлатов. – Ҳәзирги ўақытта бул уллы инсанлардың арасында маржанлар дизбегинде өзгеше нур таратыўшы Гәўхар тастай айрықша ажыралып туратуғын бир тулға бар, ол – түркий халықларды бирлестириўши мәнаўийят үгит-нәсиятлаўшысы, өзбек классикалық әдебиятының тийкарын салыўшысы Ҳәзирети Мир Әлийшер Наўайы болып есапланады.
Кешки бағдарлама қала орайындағы «Классикалық» салтанатлар үйинде даўам еттирилип, ўәлаят ҳәкими Нормат Турсуновтың илаж қатнасыўшылары менен ушырасыўы болып өтти.
9-февраль – халықаралық симпозиумның екинши күнинде илаж қатнасыўшылары кең жәмийетшилик ўәкиллери, жаслар ўәлаят орайында бой тиклеген шайырдың естелигине гүл қойып, уллы ойышылдың естелигине ҳүрмет көрсетти.
Ҳәзирети Әлийшер Наўайы пүткил түркий халықлар менен байланыслы бир данышпан, – дейди наўайытаныўшы илимпаз Азизуллоҳ Орол. – Бул байланыс не де көринеди? Наўайының өзи бизики, тили бизики. Бирақ оның идеологиясы, оның санасы пүткил дүньяники. Ҳәзир Наўайыны тек шайыр сыпатында емес, ал инженер, экономист сыпатында да үйренбекте. Оған оның көплеген шығармаларында дәлиллер бар. Наўайы биз ушын да көплеген идеяларды алға қойып келген, бүгин биз олардан пайдаланбақтамыз. Ол руўхый бослығымызды толықтырған шахс. Мен жақында еки китап шығардым. Биреўи Аўғанстан ҳәм Иранда жасайтуғын парсы тилинде сөйлейтуғын инсанлар ушын «Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги» атамасындағы китап, екиншиси, өбек тилинде: «Наўайының жазыўлары изинен». Бул китапларды мен Өзбекстанда жасап, Наўайының дөретиўшилигине берилип атырған итибар себепли жаздым.
Наўайы қаласындағы «Фарҳад» мәденият сарайында болса музыкалы көркем өнер бағдарламасы шөлкемлестирилди. Онда сөз мүлкиниң султаны қәлемине тийисли шығармалар тийкарында классикалық қосықлар атқарылып, дәстанлар тийкарында сахналастырылған көркем шығыўлар тамаша етилди.
Абдували Бўриев, ӨзАның хабаршысы