Гвардиола «Реал Мадрид»ке қарсы ойыннан алдын нелер деди?

«Манчестер Сити» бас тренери Хосеп Гвардиола Чемпионлар лигасында «Реал Мадрид»ке қарсы ойыннан алдын пикирлерин билдирди.
Гвардиола командасын жүдә қыйын ойын күтип турғанын айтып өтти.
«Реал» Ла Лигада 1-орында ҳәм «Атлетико Мадрид», «Барселона» менен гүрес алып бармақта. Оларды жеңиў ушын еки жақсы ойын өткериўимиз керек. Бизге чек таслаў қыйын болды.
Жуўап ойынын үйде, тамашагөйлердиң көз алдында өткериў ҳәр қашан жақсы, бирақ биз буған ылайық бола алмадық. Әлбетте, биз алдыңғыдай турақлы жағдайда емеспиз. Бирақ, жыллар даўамында жүдә жақсы ойнаған футболшыларыма исенемен», – дейди испаниялы қәниге.
Гвардиола Мадрид клубының ҳүжим сызығында әжайып футболшылар жыйналғанын айтты.
«Олар түрлише – қысқа ҳәм узын пасьлар менен ҳүжимге өтеди. Биз өз ойынымыз ҳаққында ойлаўымыз керек. Егер биз жеңсек, бул мәўсимниң қалған бөлими ушын үлкен түртки болып хызмет етеди. Билемен, жигитлер де ертеңги ойынды асығыслық пенен күтпекте», – дейди Хосеп.
«Манчестер Сити» – «Реал» беллесиўи 11-февральдан 12-февральға өтетуғын ўақытта 01:00 де басланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги