Жаңа мектеп өз жумысын баслады

193

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында жаслардың оқып билим алыўы ушын кең имканиятларды жаратыў бағдарында бир қанша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Беруний районында 35-санлы улыўма орта билим бериў мектеби рәсмий жумыс баслады.

Беруний педагогикалық колледжи имаратында жумыс баслаған бул мектепке енди жақын аймақлардан оқыўшылар қабыл етиледи.

Мектепте барлық заманагөй шараятлар жаратылған ҳәм өз пәниниң маман оқытыўшылары сабақ береди, дейди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразова.

Жаратылған имканиятлардан жаслар өнимли пайдаланып, келешекте билимли, өз кәсиплериниң жетик қәнигеси болып жетилисиўине тилеклеспиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги